Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария хәм шаруашылықты рауажландырыу комитети

  • #
    Электрон почта

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Телефон:

    61 224-16-23

25
September

qrvetgov.uz| 445

Жасалма урықландырыў ҳәм нәсилшиликти раўажландырыў бойынша оқыў семинары болып өтти.

Бүгинги күнде шарўашылық тармағын жедел раўажландырыў арқалы халқымызды арзан сапалы гөш, сүт ҳәм басқада азық-аўқатлық өнимлери менен тәмийинлеў, әсиресе аўыллық жерлерде жасап атырған пуқаралардың бәнтлигин арттырыў ҳәм дараматларын көбейтиў имканиятлары жаратылмақта.
Усы жылдың 24-сентябрь күни «Шарўашылықта техник осеменаторлардың билим көнликпелерин, жасалма нәсиллендириўдеги нәтийжеликти арттырыў» атамасында оқыў-семинары болып өтти.

 

Илажда Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң шарўашылықта нәсилшилик үстинен мәмлекетлик қадағалаў бөлими баслығы Д.Пирназаров, Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети баслығының биринши орынбасары К.Пирназаров, ӨзР Нәсилшилик илмий ислеп шығарыў орайы бөлими қәнигелери, шарўашылық тараўы қәнигелери, фермерлер ҳәм Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы студентлери қатнасты.Семинар техник осеменаторлардың профессионаллығын асырыў ҳәм жасалма урықландырыўдың заманагөй усылларын ен жайдырыў мақсетинде шөлкемлестирилип, қатнасыўшылар шарўа малларының өнимдарлығын ҳәм саламатлығын жақсылаўға хызмет ететуғын генетика тараўындағы ең жаңа технологияларды додалады.
Илаж даўамында экспертлер нәсил таңлаў бойынша әмелий усыныслары менен бөлисип, шарўашылықта жоқары нәтийжелерге ерисиў ушын жасалма урықландырыўға айрықша итибар қаратыў әҳмийетли екенлигин додалады.


«Жаңа технологияларды әмелиятта нәтийжели қолланыўы ушын шарўашылық тараўындағы қәнигелердиң билим ҳәм көнликпелерин арттырыўға ҳәрекет етип атырмыз,» – деп атап өтти К.Пирназаров.


Семинар өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм қатнасыўшылар арасында байланысларды жолға қойыў ушын үлкен майдан болды. Шөлкемлестириўшилер барлық қатнасыўшыларға белсене қатнасқаны ушын миннетдаршылық билдирип үлгили жумыс алып барып атырған техник осеменаторларға ҳәм қәнигелерге баҳалы саўғалар, хошаметлеў жарлықларын тапсырды.

Search

(Қарақалпақша) O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content