Қарақалпақстанға ажыратылып атырған қаржыларды жеделлестириӯ ҳәм кемшиликлерди сапластырыӯ бойынша ушырасыӯ болып ѳтти.
Усы жылдың 13-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарӯашылықты раӯажландырыӯ комитети баслығы М.Кайпанов ФРА( Франция раӯажланыӯ агентлиги)ниң » Шарӯашылық тараӯын турақлы раӯажландырыӯ ҳәм финанслық тәмийинлеӯ » жойбары менеджери Олег Ли ди қабыллады.
Ушырасыӯда ФРА агентлиги менен көп қырлы шерикликти және де кеңейтиў, азық-аӯқат қаўипсизлиги, эпизотик турақлылықты тәмийинлеў, шарӯашылық тараўларын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў менен байланыслы мәселелер талқыланды.
Ушырасыў даўамында шарӯашылық тараӯын раўажландырыў бойынша биргеликте семинар-тренинглер, тәжирийбе алмасыӯды жолға койыӯ кереклиги атап ѳтилди.

Ветеринария комитети баслығы ФРА агентлиги менен нәтийжели жумыслар алып барыӯ арқалы халықтың турмыс сапасын жақсылаў, елимиздиң экономикасын раўажландырыў бойынша биргеликтеги шериклик зәрүрлигин атап өтти.
Өз гезегинде, Олег Ли ветеринария комитети менен биргеликтеги искерлигин даўам еттириӯге ҳәм келешектеги ўазыйпаларды әмелге асырыӯда қоллап-қуўатлаўға тайынлығын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарӯашылықты раӯажландырыӯ комитети Мәлимлеме хызмети.