Комитет ветеринарии и развития животноводства Республики Каракалпакстан.

  • #
    Электронная почта

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Телефон:

    61 224-16-23

13
December

qrvetgov.uz| 536

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетинде тараў хызметкерлерине Өзбекстан Республикасы ветеринария пидайысы, шарўа пидайысы көкирек белгилерин тапсырыў илажы болып өтти.

Илажда комитет баслығы М.Кайпанов, комитет баслығы биринши орынбасары К.Пирназаров, ветеринария тараўы қәнигелери ҳәм мийманлар қатнасты.
Илажда М.Кайпанов ветеринария ҳәм шарўа хызметкерлериниң нәтийжели жумысы ҳәм олардың маманлығын арттырыў ушын ҳүкиметимиз тәрепинен ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетилетуғынын билдирди.


Ветеринария пидайысы ҳәм шарўа пидайысы көкирек белгисин алған хызметкерлер, өз гезегинде, бул сыйлықты өзлери ушын үлкен мақтаныш деп есаплайтуғынын ҳәм өз жумысларын және де нәтийжели алып барыўға умтылатуғынын атап өтти. Олар, сондай-ақ, тараўдың раўажланыўы ушын зәрүр барлық илажларды көриўди даўам еттириўге ҳәм жаңа мақсетлерге ерисиўге таяр екенин билдирди.

«Өзбекстан Республикасы ветеринария пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланған хызметкерлер.

📌Реймов Сағынбай Даулетбаевич — Шымбай районы ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлиминиң баслығы.
📌Халназаров Аразмуҳаммед Ханмурадович — Төрткүл районлық ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими «Калтаминор» ветеринария участкасының баслығы.

«Өзбекстан Республикасы шарўа пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланған хызметкерлер.

📌Жапбарбергенов Базарбай Юсупбаевич — Қоңырат районы ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими шарўашылық сектори менгериўшиси.
📌Бабатаев Садулла Алимович — «O‘zcharmsanoat» ассоциациясының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының баслығы.
📌Кенжетайев Жеткербай Узакбаевич — Қоңырат районы «Қарабас батыр» фермер хожалығының бас шопаны.

Search

Официальный сайт Президента Республики Узбекистан

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Перейти к содержимому