Комитет ветеринарии и развития животноводства Республики Каракалпакстан.

  • #
    Электронная почта

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Телефон:

    61 224-16-23

22
February

qrvetgov.uz| 435

Азық-аўқат өнимлериниң сапасы қатаң қадағалаўда

Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети қәнигелери тәрепинен халықты  сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде дийқан базарларында қадағалаў жумыслары алып барылмақта.

Атап айтқанда, Шымбай районы ВСЭЛ хызметкерлери тәрепинен дийқан базарға сатыў ушын алып келтирилген 585 кг ири шақлы мал гѳши, 380 кг балық,  6850 кг ѳсимлик ѳнимлери, 515 кг тузламалар, 1870 мәйек,  237 кг сүт ҳәм сүт ѳнимлери ветеринариялық санитария экспертизасынан өткерилип сатыўға руҳсат берилди.

Соның менен бирге, тексериўлер даўамында 1 жағдайда 20 мәйек тутыныўға жарамсыз деп тапылып, белгиленген тәртипте зыянсызлантырылды.

Сондай-ақ, азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша саўда ислеўши пуқаралар арасында үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылмақта.

Комитет тәрепинен алып барылып атырған бундай жумыслар, елимизде азық-аўқат өнимлери қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылғанлығы менен  әҳмийетли.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети  Мәлимлеме хызмети.

Search

Официальный сайт Президента Республики Узбекистан

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Перейти к содержимому