Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

4
September

qrvetgov.uz| 554

«Азық-аўқат қаўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм халыққа жоқары сапалы гөш ҳәм сүт өнимлерин жеткерип бериў» атамасында ашық сәўбет болып өтти

Бүгинги күни халқымызды сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў ең әҳмийетли мәселелердиң бири болып табылады.

Усы жылдың 28-августь күни Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетинде «Азық-аўқат қаўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм халыққа жоқары сапалы гөш ҳәм сүт өнимлерин жеткерип бериў» атамасында ашық сәўбет болып өтти.

Иләжға Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети баслығының биринши орынбасары Қ.Пирназаров қатнасты.

Атап өтилгениндей, дийқан базарлары халықты күнделикли азык-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўши тийкарғы тараўлардың бири болып есапланады. Сонлықтанда пуқараларды азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў, Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта.  

Ашық сәўбет даўамында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тема дөгерегиндеги сораўларына жуўаплар алды.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети.

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content