Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

17
July

qrvetgov.uz| 507

Жаслар арнаўлы компьютерлер арқалы жаңа имканиятларға ийе болмақта

Ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары ҳәм ғамхорлығы нәтийжесинде жаслардың раўажланыўы ҳәм оқып билим алыўына, өзин өзи бант етип дарамат табыўы ушын оғада көлемли жумыслар алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети баслығы М.Кайпанов басшылығында IT резиденти болған жасларға арнаўлы компьютерлер тапсырылып, аудитория ажыратылып жасларға имканиятлар жаратылды.

Илажда, Қарақалпақстан Республикасы Санластырыў Министрлигинен ҳәм IT паркдан келген тәжирийбели қәнигелер жасларға зәрүр билим ҳәм көнликпелерди, тәжрийбелерин үйретип алдағы жумысларын белгилеп берди.

Бул әҳмийетли баслама IТ тараўында раўажланыўға умтылып атырған жаслар ушын келекшек есиклерин ашпақта. Компютерлер программаластырыў, 3D дизайн, Autocad, веб-сайтларды ислеп шығыў, мағлыўматларды таллаў ҳәм санлы технологияларға байланыслы басқа да тараўларды үйрениўи мүмкин болған аудиторияда жайласқан.

М.Кайпанов заманагөй дүняда IT көнликпелерин өзлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Бул компютерлер жасларға өз потенциалын жүзеге шығарыў өзи ҳәм елимиз ушын перспектив келешек жаратыўға жәрдем беретуғынына исеним билдирди.

 

Бул IT тараўының раўажланыўындағы әҳмийетли қәдем болып, компютерлер илҳам дерегине айланып, жасларға санлы технологиялар дүнясында жоқары дәрежеге ерисиўге жәрдем беретуғынына исенемиз.

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content