Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

15
February

qrvetgov.uz| 516

Бозатаӯ районында арнаўлы-тактик оқыў шынығыўы өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң 2024-жыл 10-январьдағы 4-санлы буйрығына муўапық, “ Қарақалпақстан Республикасында эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў ҳәм өткизилип атырған профилактик ис-иләжлардың сапасын асырыў мақсетинде Ис-иләжлар бағдарламасы”на тийкар “ Әҳмийетли 90 күнлик ” жәрияланып иләж даўамында эпизотияға қарсы кең кѳлемли жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда Бозатаӯ районы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими тәрепинен  “ қутырыў ” кеселлигиниң келип шығыўы ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша көргизбели арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы өткерилди.

Оқыў шынығыўда, Бозатаӯ районы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими, Айрықша жағдайлар бөлими, Медицина бирлеспеси, Санитария эпидемиология тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлимлери тәрепинен кеселлик анықланған жағдайда, зәрүр эпидемияға қарсы иләжларды шөлкемлестириў бойынша басқарыў уйымларының күш ҳәм қуралларының өз-ара биргеликте ислесиўин ҳәмде кеселликтиң алдын алыў иләжлары әмелде  көрсетип берилди.

Арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўды өткериўден мақсет, елимизде эпидемик ҳәм эпизоотик жағдайлардыӊ турақлылығын тәмийинлеў, қутырыў кеселлиги менен байланыслы жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў болып табылады.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети  Мәлимлеме хызмети.

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content