Азық-аўқат өнимлериниң сапасы қатаң қадағалаўда
Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети қәнигелери тәрепинен халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде дийқан базарларында қадағалаў жумыслары алып барылмақта.

Атап айтқанда, Хожели районы ВСЭЛ хызметкерлери тәрепинен дийқан базарға сатыў ушын алып келтирилген 553 кг ири шақлы мал гѳши, 8200 кг ѳсимлик ѳнимлери, 279 кг тузламалар, 2500 дана мәйек, 146 кг сүт ҳәм сүт ѳнимлери ветеринариялық санитария экспертизасынан өткерилип сатыўға руҳсат берилди.
Соның менен бирге, тексериўлер даўамында 1 жағдайда 11 дана мәйек тутыныўға жарамсыз деп тапылып, белгиленген тәртипте зыянсызлантырылды.