Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

5
February

qrvetgov.uz| 467

Азық-аўқат өнимлериниң сапасы қатаң қадағалаўда

Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети қәнигелери тәрепинен халықты  сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде дийқан базарларында қадағалаў жумыслары алып барылмақта.

Атап айтқанда, Нѳкис қаласы ВСЭЛ хызметкерлери тәрепинен орайлық дийқан базарға сатыў ушын алып келтирилген 2962 кг ири шақлы мал, 57 кг майда шақлы мал гѳши, 23584  кг ѳсимлик ѳнимлери, 975 кг тузламалар, 36000 дана мәйек, 1940 кг сүт ҳәм сүт ѳнимлери ветеринариялық санитария экспертизасынан өткерилип сатыўға руҳсат берилди.

Соның менен бирге, тексериўлер даўамында 1 жағдайда 15 кг тузлама өнимлери тутыныўға жарамсыз деп тапылып, белгиленген тәртипте зыянсызлантырылды.

Сондай-ақ, азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша саўда ислеўши пуқаралар арасында үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылмақта.

Комитет тәрепинен алып барылып атырған бундай жумыслар, елимизде азық-аўқат өнимлери қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылғанлығы менен  әҳмийетли.

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content