Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

18
January

qrvetgov.uz| 571

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарӯашылықты раӯажландырыӯ комитети баслығы орынбасары Б.Курбаниязов GIZ шөлкеминиң ” Өзбекстанда экономикалық реформаларды ҳәм турақлы економикалық раўажланыўды қоллап-қуўатлаў ” жойбары менежери Беатэ Шорайтиди қабыллады

Усы жылдың 17-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарӯашылықты раӯажландырыӯ комитети баслығы орынбасары Б.Курбаниязов GIZ шөлкеминиң ” Өзбекстанда экономикалық реформаларды ҳәм турақлы економикалық раўажланыўды қоллап-қуўатлаў ” жойбары менежери Беатэ Шорайтиди қабыллады.

Ушырасыӯда GIZ шѳлкеми менен көп қырлы шерикликти және де кеңейтиў, ҳайўанларда қәӯипли жүқпалы кеселликлерди анықлаў ҳәм емлеӯ, азық-аӯқат қаўипсизлиги, эпизотик турақлылықты тәмийинлеў,  ветеринария қәнигелериниң техникалық базасын беккемлеӯ, ветеринария,шарӯашылық тараўларын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў менен байланыслы мәселелер талқыланды.

Ушырасыў даўамында ветеринария ҳәм шарӯашылық тараӯын раўажландырыў бойынша биргеликтеги жумыслар, семинар-тренинглер, тәжирийбе алмасыӯды жолға койыӯ, қәнигелерди Германияда оқытыӯ арқалы билим дәрежелерин еледе асырыӯ мәселелери де талқыланды.

Ветеринария комитети баслығы орынбасары GIZ шѳлкеми менен биргеликте нәтийжели жумыслар алып барылып атырғанлығын хәм  халықтың турмыс сапасын жақсылаў, елимиздиң экономикасын раўажландырыў бойынша биргеликтеги шериклик зәрүрлигин айтып өтти.

Өз гезегинде, Беатэ Шорайт ветеринария комитети менен биргеликтеги искерлигин даўам еттириӯге ҳәм келешектеги ўазыйпаларды әмелге асырыӯда қоллап-қуўатлаўға тайынлығын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарӯашылықты раӯажландырыӯ комитети Мәлимлеме хызмети.

 

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content