Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

24
November

qrvetgov.uz| 484

Қарақалпақстан делегациясы сапар шеңберинде Қытайдың аўыл хожалығы ҳәм шарўашылық тараўында алып барып атырған жумыслары менен де жақыннан танысты

Атап айтқанда, Қытайдың Аксу қаласындағы “Hualing Group” шарўашылықты раўажландырыў бойынша ири кластер компаниясында болды. Онда усы компания менен Қарақалпақстанда шарўашылық тармағын раўажландырыў бойынша бирге ислесиў мәселелери додаланды. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасына қарамал жеткерип бериў, жасалма жол менен нәсил алыў, сүтти қайта ислеўди жетилистириў бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыў имканиятлары көрип шығылды.

Компания басшылары бул бағдардағы бирге ислесиўди жолға қойыўдан мәпдар екенлигин билдирди ҳәмде өз-ара бирге ислесиўдиң кейинги перспективаларын көрип шығыў ушын декабрь айында өз делегациясын Қарақалпақстан Республикасына жиберетуғынын атап өтти.

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content