Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

16
November

qrvetgov.uz| 496

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетинде нәсилшилик бағдарында алып барылып атырған жумыслар бойынша ашық сәўбет болып өтти.

Ашық сәўбетте нәсилшиликтиң түрли тәреплери, сондай-ақ әмелдеги жойбарларды, қәнигелеримиз дус келетуғын машқалаларди ҳәм келешектеги изертлеўлер ушын потенциаллы жөнелислер талқылап өтилди.

Бул мәселелер бойынша комитет баслығы орынбасары Б.Курбаниязов тәрепинен қымбатлы усыныслар ҳәм пикирлер билдирилди.

Илаж қатнасыўшылары талқыланып атырған темаға жүдә қызығыўшылық бенен қарап актив пикирлесип, тәжирийбелер алмасты.

Бүгинги күнде жергиликли сыйыр ҳәм туўым жасындағы қашарлар нәсилли буға урығы менен жасалма урықландырылып, нәсилли бузаўлар алынбақта ҳәмде кәнигелердин мүтәжликлеринен келип шығып әмелий жәрдемлер көрсетилип киятырғанлығы сәўбет барысында атап өтилди.

Буннан соң, билдирилген пикир ҳәм усынысларды инабатқа алған ҳалда нәсилшилик бойынша алдағы ислениўи керек ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети.

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content