Биогумус таярлаў бойынша семинар болып өтти
Усы жылдың 19-20-сентябрь күнлери Нөкис қаласы, Хожели ҳәм Елликқала районларында Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети шөлкемлестириўинде биогумус таярлаў усыллары бойынша семинарлар болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети баслығының биринши орсынбасары Қ.Пирназаров қатнасты.
Биогумус Калифорния жаўын қурты жәрдеми менен ислеп шығарылатуғын органикалық төгин есапланады. Жердиң өнимдарлығын арттырыў, оннан жоқары дәрамат алыўда биогумустан пайдаланыўдың әҳмийети айрықша. Ең баслысы, үй шараятында биогумус таярлаў оғада аңсат ҳәм оның нәтийжелилиги де жоқары.
Өткерлиген семинарда биогумус жетистириўди қалеўши шарўашылық фермер хожалықлар ҳәм Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң район бөлими канигелери қатнасып, әпиўайы қыйтақ жериниң өзинде дәрамат табыўының және бир жолы болған Калифорния жаўын қуртын жетистириў ҳәм кобейтиў, бул арқалы биогумус таярланыўына шараят жаратыў бағдарында сөз етилди.



Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети.