Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

22
February

qrvetgov.uz| 453

Қарақалпақстанда эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде ҳайўанларды «қутырыў», «аусыл», «отжара» кеселликлерине қарсы шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң 2023-жыл 18-январьдағы 10-санлы буйрығына муўапық, “ Қарақалпақстан Республикасында эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў ҳәм өткизилип атырған профилактик ис-иләжлардың сапасын асырыўға қаратылған Ис-иләжлар бағдарламасы”на тийкар “ Әҳмийетли 90 күнлик ” жәрияланып иләж даўамында бирқанша жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, Мойнақ, Шоманай, Шымбай, Қараөзек, Төрткүл, Елликқала, Беруний ҳәм Нөкис районларында  ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими қәнигелери тәрепинен аймақларда бағылып атырған шарўа маллары жуқпалы “отжара”, “аусыл” кеселликлерине, үй ҳайўанлары “қутырыў” кеселлигине қарсы  шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта.

Сондай-ақ,  қәнигелер тәрепинен пуқараларға  жуқпалы  кеселликлер ҳаққында  мағлыўматлар берилип,  түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумыслары да алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети  мәлимлеме хызмети.

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content