Бүгинги күнниң ең әҳмийетли мәселелери ҳаққында мағлыўмат бериўши «Сиясий-ағартыўшылық сааты» болып өтти.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети хызметкерлери ушын нәўбеттеги “Сиясий-ағартыўшылық сааты” шөлкемлестирилди. Бунда тийкарынан оқыў сааты “2022–2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын “Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы”нда әмелге асырыўға тийисли мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманы жойбары, “Бир чимдим маънавият” рубрикасында Алишер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилиги сыяқлы мәселелерге тоқтап өтилди. Соның менен бир қатарда, ҳәпте даўамындағы елимизде ҳәм сырт еллерде жүз берип атырған әҳмийетли ўақыялар ҳаққында мағлыўмат берилди.


Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети мәлимлеме хызмети.