Қарақалпақстанда эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде ҳайўанларды «тейлериоз», «отжара», «қутырыў», «аусыл» кеселликлерине қарсы шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта.
Районларда ветеринария хызмети тәрепинен аймақларда ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлерине қарсы профилактикалық емлеў иләжлары даўам етпекте.
Атап айтқанда, Шоманай, Тахтакөпир, Бозатаў, Нокис, Беруний, Төрткүл ҳәм Елликқала районларында районлық ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими қәнигелери тәрепинен аймақларда бағылып атырған шарўа маллары жуқпалы “тейлериоз”, “отжара”, “аусыл” кеселликлерине, үй ҳайўанлары “ қутырыў ” кеселлигине қарсы шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта.
Сондай-ақ, қәнигелер тәрепинен пуқараларға жуқпалы кеселликлер ҳаққында мағлыўматлар берилип, түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумыслары да алып барылмақта.




Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети мәлимлеме хызмети.