Бүгинги күнниң ең әҳмийетли мәселелери ҳаққында мағлыўмат бериўши «Сиясий-ағартыўшылық сааты» болып өтти.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети хызметкерлери ушын нәўбеттеги “Сиясий-ағартыўшылық сааты” шөлкемлестирилди. Бунда тийкарынан оқыў сааты даўамында Жаңа Өзбекстанда ҳәкимшилик реформалар — нәтийжеликти асырыў жолындағы әҳмийетли қәдем, Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформаларының мазмун-мәниси “Китоб мутолааси” рубрикасы сыяқлы мәселелерге тоқтап өтилди. Соның менен бир қатарда, ҳәпте даўамындағы елимизде ҳәм сырт еллерде жүз берип атырған әҳмийетли ўақыялар ҳаққында мағлыўмат берилди.



Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети мәлимлеме хызмети.