Қарақалпақстанда ҳайўанларға қарата жаўыз мүнәсибеттиң алдын алыўға қаратылған ис-иләжлар даўам етпекте.
Районларда ветеринария хызмети тәрепинен ҳайўанларға жаўыз мүнәсибетте болмаў атамасында улыўма орта билим бериў мектеплеринде, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде үгит-нәсиятлаў жумыслары ҳәмде пуқаралар арасында үй ҳайўанларын сақлаў қағыйдалары ҳаққында түсиндириў жумыслары алып барылып атыр.Атап айтқанда, Мойнақ, Шымбай ҳәм Бозатаў районларында ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими қәнигелери тәрепинен ҳайўанларға жаўыз мүнәсибетте болмаў атамасында улыўма орта билим бериў мектеплеринде, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылмақта.



Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария хәм шарўашылықты раўажландырыў комитети мәлимлеме хызмети.