“Әҳмийетли 60 күнлик” жәрияланды
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл 3-ноябрьдеги 01-09/13-11/1072-санлы қарарына муўапық, “Қарақалпақстан Республикасында ҳайўанларға қарата жаўыз мунәсибеттиң алдын алыўға қаратылған Ис-иләжлар бағдарламасы” бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети тәрепинен Бағдарламаның 11-бәнти талапларын орынлаў мақсетинде “ Әҳмийетли 60 күнлик ” жәрияланды.
Иләж даўамында:
- пуқаралар арасында үй ҳайўанларын сақлаў қағыйдалары ҳаққында түсиндириў жумыслары алып барылмақта;
- ҳайўанларға жаўыз мүңәсибетте болмаў атамасында улыўма орта билим бериў мектеплеринде, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылмақта.






Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети мәлимлеме хызметы.