Бүгинги күнниң ең әхмийетли мәселелери ҳаққында мағлыўмат бериўши “Сиясий-ағартыўшылық сааты” болып өтти.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети имаратында Сиясий ағартыўшылық сааты “Мәхәллебай” ислеў системасын туўры шөлкемлестириўде мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлердиң орны, мәмлекетлик баскарыўының санлы трансформациясы, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм шет ел мәмлекетлеринде жүз берип атырған әхмийетли процесслер ҳаққындағы мәселелер бойынша болып өтти.
Оқыў саатына Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети хызметкерлери қатнасты.