Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

15
November

qrvetgov.uz| 507

Б.Норкобилов Кегейли районында жаңа қусшылық фабрикасы ҳәм эмбрион ислеп шығарыў орайының қурылысы менен танысты

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети баслығы Б.Норкобилов Кегейли районында жаңа қусшылық фабрикасының қурылысы менен танысты. Бул жойбар мәмлекетимизде қусшылық тараўын раўажландырыўға хызмет етиўи күтилмекте.

Жойбардың улыўма баҳасы 80,0 миллиард сумды қурап, Жойбар шеңберинде мәйек ҳәм гөш өнимлери ислеп шығарылады. Бул өнимлер жергиликли базарда талапқа ие болып, халықты арзан баҳаларда қус гөши менен тәмийинлейди.

Жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде 50 жаңа жумыс орны жаратылады. Бул жергиликли халық ушын жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм экономикалық раўажланыўға үлес қосады.

Сондай-ақ, Б.Норқобилов республикада нәсилшиликти раўажландырыў мақсетинде Жәҳән банкиниң грант қаржылары есабынан Хожели районында қурылысы режелестирилип атырған эмбрион ислеп шығарыўды жолға қойыў орайы менен де танысты. Бул баслама, ҳайўанлардың нәсилшилик сапасын арттырыў ҳәм олардың саламатлығын жақсылаўға қаратылған.

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content