Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

22
February

qrvetgov.uz| 484

Ветеринария хызметинде «Мәҳәллебай» ислеӯ системасы әмелде

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң 2024-жыл 10-январьдағы 4-санлы буйрығына муўапық, “ Қарақалпақстан Республикасында эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў ҳәм өткизилип атырған профилактик ис-иләжлардың сапасын асырыў мақсетинде Ис-иләжлар бағдарламасы”на тийкар “ Әҳмийетли 90 күнлик ” жәрияланып иләж даўамында эпизотияға қарсы кең кѳлемли жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда,  Шымбай районы «Майжап» ветеринария участкасы ҳәм ҳайӯанлар кеселликлери орайы қәнигелери тәрепинен аймақларда бағылып атырған шарўа маллары жуқпалы “аўсыл”  кеселлигине,  үй ҳайўанларында “ қутырыў ” кеселлигине қарсы  шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта.

Сондай-ақ,  қәнигелер тәрепинен пуқараларға зооантропоноз кеселликлер ҳаққында  мағлыўматлар берилип, үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети  Мәлимлеме хызмети.

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content