Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

25
January

qrvetgov.uz| 377

Баспасѳз конференциясы болып ѳтти

Усы жылдың 23-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарӯашылықты раӯажландырыӯ комитети тәрепинен эпизотияға қарсы әмелге асырылып атырған ис-илажлар бойынша «Zoom» арқалы онлайн баспасѳз конференциясы болып ѳтти.

Баспасѳз конференциясына комитет баслығының орынбасары Б.Курбаниязов, комитет бѳлим баслықлары менен бирге журналист ҳәм блогерлер  катнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң 2024-жыл 10-январьдағы 4-санлы буйрығына муўапық, “ Қарақалпақстан Республикасында эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў ҳәм өткизилип атырған профилактик ис-иләжлардың сапасын асырыў мақсетинде Ис-иләжлар бағдарламасы”на тийкар “ Әҳмийетли 90 күнлик ” жәрияланып иләж даўамында эпизотияға қарсы кең кѳлемли жумыслар алып барылмақта.

Бүгинги болып ѳткен баспасѳз конференциясында эпизотияга қарсы профилактик ис-илажлардың нәтийжелери усынылды. Бул илажлар   ҳайўанлар ҳәм адамлар ушын аӯыр ақыбетлерге алып келиўи мүмкин болған түрли жуқпалы кеселликлерден қорғаўға қаратылған.

 Бул бағдарлама шеңберинде аймақларда бағылып атырған шарўа маллары жуқпалы “Тейлериоз”, “Отжара”, “Аусыл” кеселликлерине, үй ҳайўанлары “қутырыў” кеселлигине қарсы  шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта.

Буннан тысқары, «Қарасан», «Бруцеллёз», «Нодуляр дерматит», «Қырым-Конго геморрагик ысытпа» кеселлиги ҳәм басқада жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў илажлары кѳрилмекте.

Баспасөз конференциясында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тема дөгерегиндеги сораўларына жуўаплар алды.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети.

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content