Қарақалпақстанда эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде ҳайўанларды «Тейлериоз», «Қутырыў», «Аусыл», «Отжара» кеселликлерине қарсы шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң 2024-жыл 10-январьдағы 4-санлы буйрығына муўапық, “ Қарақалпақстан Республикасында эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў ҳәм өткизилип атырған профилактик ис-иләжлардың сапасын асырыў мақсетинде Ис-иләжлар бағдарламасы”на тийкар “ Әҳмийетли 90 күнлик ” жәрияланып иләж даўамында эпизотияға қарсы кең кѳлемли жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, Әмиўдəрья, Қанлыкөл, Төрткүл, Шымбай,Шоманай, Елликқала ҳәм Нөкис районларында ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими қәнигелери тәрепинен аймақларда бағылып атырған шарўа маллары жуқпалы “Тейлериоз”, “Отжара”, “Аусыл” кеселликлерине, үй ҳайўанлары “қутырыў” кеселлигине қарсы шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта.
Сондай-ақ, қәнигелер тәрепинен пуқараларға жуқпалы кеселликлер ҳаққында мағлыўматлар берилип, түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумыслары да алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети мәлимлеме хызмети.