Районлық Медицина бирлеспесинде Крым- Конго геморрогик ыссылық көтерилиўи кеселлигиниң тарқалыўының алдын алыў бойынша арнаўлы тактикалық оқыў шынығыўы өткерилди. Тактикалық оқыў шынығыўда Медицина бирлеспеси, Санитария-эпидемиология тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлимлери тәрепинен усы жуқпалы кеселликтиң тарқалыўының алдын алыў ҳәм пуқараларға көрсетилетуғын биринши медициналық жәрдем түрлери әмелде көрсетилип берилди.