Баспасөз конференциясы болып өтти
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетинде базарларда азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин қадағалаў мәселелерине арналған баспасөз конференциясы болып өтти. Илажды комитет баслығының биринши орынбасары К.Пирназаров ашып берди.


Атап өтилгениндей, дийқан базарлары халықты күнделикли азык-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўши тийкарғы тараўлардың бири болып есапланады. Сонлықтанда пуқараларды азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў, Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта.


Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.