Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария хәм шаруашылықты рауажландырыу комитети

[bvi]
  • #
    Электронная почта

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Телефон:

    61 224-16-23

27
February

qrvetgov.uz| 71

Шарўашылық тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша ашық сәўбет шѳлкемлестирилди.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетинде Шарўашылық тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша ашық сәўбет шѳлкемлестирилди.

Ашық сәўбетте шарўашылықты раўажландырыў бойынша зәрүрли мәселелер пуқта ҳәм конструктив талқыланды. Талқылаў даўамында комитет баслығының орынбасары ҳәм қәнигелер тараўды раўажландырыўдың түрли тәреплерин пуқталық бенен көрип шығып, алдағы ўаққытта ислениўи керек болған жумыслар ҳәм тапсырмалар белгилеп алынды.

Белгилеп берилген ўәзыйпалар тараўды буннан былайда жақсылаўға ҳәм алып барылып атырған жумыслардың натийжелилигин асырыўға жәрдем бериўи сѳзсиз.

Бүгин талқылаўда болған жобалар келешекте шарўашылық тараўында табыслы ҳәм инновциялық жойбарлар болып, Республикамыздың экономикасын беккемлеўге жәрдемин тийгизеди.

Ашық сәўбет даўамында, ветеринария қадағалаўының заманагөй стандартлары, шарўашылық өнимлериниң сапасын бақлаў ҳәм эпизотик турақлылықты тәмийинлеўде әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша баянатлар тынланды.

Буннан соң,  қатнасыўшылар тәрепинен сораўлар берилип,  алдағы режелер белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети.

Search

Өзбекстан Республикасы Президентиниң рәсмий веб-сайты

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags