Комитет ветеринарии и развития животноводства Республики Каракалпакстан.

  • #
    Электронная почта

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Телефон:

    61 224-16-23

26
December

qrvetgov.uz| 453

Баспа сѳз конференциясы болып ѳтти

Усы жылдың 22-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетинде ПҚ-285-санлы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде алып барылып атырған жумыслар бойынша Баспа сѳз конференциясы болып ѳтти.

Баспасѳз конференциясына комитет баслығының биринши орынбасары К.Пирназаров ҳәм комитет бѳлим баслықлары менен бирге республикамыздағы журналист ҳәм блогерлер  катнасты.

Тараӯды буннан былайда раӯажландырыӯ, мәмлекет тәрепинен қоллап-қуӯатлаӯ мақсетинде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен усы жылдың 24-августь күни 285-санлы қарар қабыл етилди.

Усы қарар менен шарўашылық хожалықлары тәрепинен импорт қылынған шарӯа малларына ҳәмде нәсилшилик хожалықлары тарепинен таярлап сатылған нәсилли қарамалларға субсидия ажратыӯ 2 жылға узайтырылды (4576-сан қарарда 2020-2022-жылларда субсидия ажыратыӯ белгиленген).

Өзбекстан Республикасында ҳайўанларды идентификация қылыў,  дизимге алыў ҳәм бақлаў системасын енгизиўди еки басқышда әмелге асырыў белгиленген.

Биринши басқышта 2023-2024-жылларда Қарақалпақстан Республикасында шарўашылыққа бийимлескен Қоңырат ҳәм Тахтакөпир районлары Ѳзбекстан Республикасында ҳайўанларды идентификация қылыў,  дизимге алыў ҳәм бақлаў системасын енгизиў тапсырмасы берилген.

Бунда, жоқарыда айтып өтилген  Қоңырат ҳәм Тахтакөпир районларында идентификация қылыў,  дизимге алыў ҳәм бақлаў системасын енгизиў бийпул әмелге асырылыўы белгиленген.

Бүгинги күнде бул бойынша тийисли жумыслар әмелге асырылмақта, яғный, Өзбекистан Республикасында Идентификация орайы шөлкемлестириў мақсетинде штат бирликлери ислеп шығылып, орайды материяллық-техникалық базасын беккемлеў, раўажланған мамлекетлер тажрийбесин елимизде енгизиў бойынша тараў қанигелериниң маманлығын асырыў жумыслары алып барылмақта.

Сондай-ақ, Қоңырат ҳәм Тахтакөпир районларында шарўашылық кластерин шөлкемлестириўди қалеўшилер анықланып, тармақ кестелери ислеп шығылды. Усы еки кластерди 2024-жылда иске түсириў режелестирилмекте.

Соның менен бирге, “Узнаслчилик” мамлекетлик кәрханасы “Нәсилшилик илимий-ислеп шығарыў” орайы етип қайта шөлкемлестирилди.

Орай тәрепинен Нәсилли буғалардың урығын қадақлаўда заманагөй усыллардан кең көлемде пайдаланыў,  «Андровисион» ЦАСА программасы тийкарында сапалы урығ таярлаўды жолға қойыў;

Гөш ҳәм сүт бағдарында нәсилли қарамаллардың эмбрионларын «ин витро» усылында таярлаў ҳәм көширип өткериўдиң инновциялық лабораториясын шөлкемлестириў;

Нәсилли ҳәм спорт атларының урығлары ҳәм эмбрионларын терең музлатылған ҳалда таярлаў технологиясын жолға қойыў ҳәмде шәртнама тийкарында консалтинг хызметлерин көрсетиў белгиленген.

 

Сондай-ақ, Жергиликли  сыйыр ҳәм туўым жасындағы қашарлар нәсилли буға урығы менен жасалма урықландырылып, нәсилли бузаўлар алынбақта ҳәмде кәнигелердин мүтәжликлеринен келип шығып әмелий жәрдемлер көрсетилип киятырғанлығы сәўбет барысында атап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети.

Search

Официальный сайт Президента Республики Узбекистан

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Перейти к содержимому