Қарақалпақстанда эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў бойынша ис-иләжлар даўам етпекте
Районларда ветеринария хызмети тәрепинен аймақларда ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлерине қарсы профилактикалық емлеў иләжлары даўам етпекте.
Атап айтқанда, Мойнақ, Қараөзек, Кегейли, Шымбай, Беруний, Төрткүл, Елликқала ҳәм Нөкис районларында районлық ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими қәнигелери тәрепинен аймақларда бағылып атырған шарўа маллары жуқпалы “қарасан”, “отжара”, “аўсыл” кеселликлерине, үй ҳайўанлары “қутырыў” кеселлигине қарсы шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта.










Сондай-ақ, қәнигелер тәрепинен пуқараларға жуқпалы кеселликлер ҳаққында мағлыўматлар берилип, түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумыслары да алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети мәлимлеме хызмети.