Комитет ветеринарии и развития животноводства Республики Каракалпакстан.

  • #
    Электронная почта

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Телефон:

    61 224-16-23

7
November

qrvetgov.uz| 472

Азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлиги тәмийинленбекте

Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети қәнигелери тәрепинен халықты  сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде дийқан базарларында қадағалаў жумыслары алып барылмақта.

Атап айтқанда, Қанлыкөл, Тақыятас, Шымбай, Кегейли, Беруний ҳәм Төрткүл районларында Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими қәнигелери тәрепинен дийқан базарларындағы мийўе, палыз, сүт ҳәм гөш өнимлериниң сапасын қадағалаў жумыслары алып барылмақта.

Соның менен бирге, азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша саўда ислеўши пуқаралар арасында үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылмақта.

Комитет тәрепинен алып барылып атырған бундай жумыслар, елимизде азық-аўқат өнимлери қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылғанлығы менен  әҳмийетли.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети  Мәлимлеме хызмети.

Search

Официальный сайт Президента Республики Узбекистан

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Перейти к содержимому