“Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеӊберинде аймақларда гүзги терек егиў жумыслары алып барылмақта

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен быйылғы жылы гүз мәўсиминде “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарын өткериў бойынша белгилеп берилген тапсырма тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети тәрепинен акция шөлкемлестирилди.

Илаж даўамында Нөкис қаласы «Гөне қала» МПЖ аймағындағы көше бойларына ҳәр қыйлы декоратив, мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин отырғызыў, жерлерди жабайы шөплерден тазалаў, аймақты абаданластырыў ҳәм көгалландырыў жумыслары алып барылмақта.

– Халқымызға тән болған уллы қәдириятларымыздан бири бул нәл егип, бағ жаратыў болып табылады, – дейди акция қатнасыўшысы Иззет Оразбаев. – Бизди қоршаған орталықтыӊ тазалығын сақлаў, экологиялық машқалаларды сапластырыўда, инсанлардыӊ бийбаҳа байлығы есапланған саламатлығын беккемлеўде бул егилип атырған нәллердиң оғада пайдасы көп. Себеби олар дем алыўымыз ушын зәрүр болған кислород пенен тәмийинлейди. Шаң тозаңларды өзинде иркип, ҳаўаны тазалайды. Ыссы күнлерде салқынлық береди, мийўелери болса, инсанларға пайдалы жемис болып табылады.


“Жаӊа Өзбекстан- жасыл мәканда бирге жасайық!” деген уллы идеяны өзинде жәмлеген акция қала ҳәм районларымызда, мийнет жәмәәтлеринде, оқыў орынларында даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети.