Районларда ветеринария саласында хызметлер көрсетип киятырған хызметкерлерге оқыў-семинары шөлкемлестирилмекте

Соңғы жылларда ветеринария тараўында кадрларды таярлаў системасын жетилистириў, соның менен бирге, нәтийжели ветеринариялық қадағалаўды тәмийинлеў ҳәм ветеринария хызметлерин көрсетиў сапасын асырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Районлардағы ҳәр бир мәҳәлле кесиминде әмелий көнликпелерге йие болған, халыққа ветеринария саласында хызметлер көрсетип киятырған 149 хызметкерлердин дизими қәлиплестирилди.

Бүгинги күнде бул хызметкерлердиң тараўдағы билим, көнликпелери ҳәм маманлығын асырыў мақсетинде, Самарканд мәмлекетлик ветеринария медицинаси, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында қысқа мүддетли оқыў семинар курслары шөлкемлестирилмекте.



Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети.