Қарақалпақстанда эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде ҳайўанларды «Қутырыў», «Қарасан», «отжара» кеселликлерине қарсы шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта
Атап айтқанда, Шымбай, Тахтакөпир, Кегейли, Мойнақ, Төрткүл, Елликқала, Әмиўдәрья ҳәм Беруний районларында ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими қәнигелери тәрепинен аймақларда бағылып атырған шарўа маллары жуқпалы “Отжара”, “Қарасан” ҳәм “ Қутырыў ”кеселликлерине қарсы шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта.
Сондай-ақ, қәнигелер тәрепинен пуқараларға жуқпалы кеселликлер ҳаққында мағлыўматлар берилип, түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумыслары да алып барылмақта.





Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети.