Комитет ветеринарии и развития животноводства Республики Каракалпакстан.
qrvetgov.uz| 484
Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети қәнигелери тәрепинен халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде дийқан базарларында қадағалаў жумыслары алып барылмақта.
Атап айтқанда Шымбай, Кегейли, Бозатаў, Беруний ҳәм Төрткүл Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими қәнигелери тәрепинен дийқан базарларындағы мийўе, палыз, сүт ҳәм гөш өнимлериниң сапасын қадағалаў жумыслары алып барылмақта.
Соның менен бирге, азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша саўда ислеўши пуқаралар арасында үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылмақта.
Комитет тәрепинен алып барылып атырған бундай жумыслар, елимизде азық-аўқат өнимлери қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли.
Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети.
Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri
Средства доступности