Жергиликли сыйырлар жасалма урықландырылмақта
Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм районлардағы ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлимлери қәнигелери тәрепинен аймақтағы жергиликли сыйырларды жасалма урықландырыў нәтийжесинде бир қанша нәсилли бузаўлар алынды.
Атап айтқанда, Шымбай районындағы «Бахытлы» ветеринария участкасы қәнигелери тәрепинен сыйыр ҳәм қашарлар нәсилли буға урығы менен жасалма урықландырылып, олардан нәсилли бузаўлар алынып атыр.




Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети.