Қарақалпақстанда эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде ҳайўанларды «Қырым-Конго геморрагик ысытпа» кеселлигине қарсы профилактик жумыслар жедел алып барылмақта.
Атап айтқанда, Шымбай, Тахтакөпир, Шоманай Қанлыкөл, Тақыятас, Төрткүл, Беруний, Елликқала ҳәм Нөкис районларында ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими қәнигелери тәрепинен ҚКГИ кеселлигиниң алдын алыу мақсетинде шарўа базарларында эктопаразитлерге қарсы дезинсекция жумыслары шөлкемлестирилмекте.
Сондай-ақ, қәнигелер тәрепинен пуқараларға жуқпалы кеселликлер ҳаққында мағлыўматлар берилип, түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумыслары да алып барылмақта.







Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети.