Комитет ветеринарии и развития животноводства Республики Каракалпакстан.

  • #
    Электронная почта

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Телефон:

    61 224-16-23

26
June

qrvetgov.uz| 496

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы «Ветеринария медицинасы» бағдары студентлери әмелиятта.

Әйне күнлерде комитеттиң Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы,  шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы екинши курс студентлери ушын әмелият шөлкемлестирилип атыр.

Студентлер билим ҳәм көнликпелерин және де асырыў мақсетинде район ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлимлерине бириктирилди.

Атап айтқанда,  Қанлықөл районына бириктирилген 2-басқыш студентлери әмелиятты районның «Бостан» ҳәм «Қанлықөл» ветеринария участкаларында өтемекте.

Жумыс өнимдарлығын және де асырыў мақсетинде студентлерге маман қәнигелер бириктирилген.

Студентлер участка менгериўшилери Бекбосинов Азамат ҳәм Қарапатов Тенелбай басшылығында хожалықларда бағылып  атырған үй ҳайўанларында профилактикалық емлеў жумысларын алып бармақта.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария хәм шарўашылықты раўажландырыў комитети  Мәлимлеме хызмети.

Search

Официальный сайт Президента Республики Узбекистан

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Перейти к содержимому