Комитет ветеринарии и развития животноводства Республики Каракалпакстан.

  • #
    Электронная почта

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Телефон:

    61 224-16-23

12
June

qrvetgov.uz| 477

Питкериўши студентлерди жумыс орынларына бөлистириў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бойынша иләж болып өтти

10-июнь күни Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы,  шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында 2022-2023 оқыў жылында питкериўши студентлерди жумыс орынларына бөлистириў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бойынша иләж болып өтти.

Быйылғы оқыў жылында 3 жөнелис бойынша жәми 75 студент тамамлайды.

Соннан бүгинги күнге шекем 12 студент ветеринария бөлимлери ҳәм фермер хожалықларға жумысқа жайласқан.

Иләж даўамында қалған студентлердиң де жумысқа орналасыўы бойынша жумыс бериўшилер менен шәртнамалар дүзилди.

Иләж шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети баслығы М.Т.Қайпанов студентлер менен сәўбетлесип, өзиниң искерлиги даўамында дус келген қыйыншылықларды терең билим, сабыр-тақат, уқыплылық бенен женип өткенлиги ҳаққындағы ядлары менен бөлисип, болажақ қәнигелерге пайдалы усынысларды айтып өтти.

Иләжда тийкарғы жумыс бериўшилер есапланған Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети системасындағы басқарма ҳәм бөлимлер менен биргеликте  исбилерменлик субъектлери, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери бос жумыс орынлары менен қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети  Мәлимлеме хызмети.

Search

Официальный сайт Президента Республики Узбекистан

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Перейти к содержимому