Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети баслығы М.Кайпанов Нөкис районындағы «Qaraken sazan» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жойбарлары менен танысты.
Бул кәрхана жылына 350 тонна балық жетистириў қуўатлылығына ийе болып. Соннаң 200 тонна балық интенсив усылда, 150 тонна балық жабык айланба суў системасында жетистириледи. Кәрхана усы жылдың 10-апрель күни жумыс баслаўы белгиленген. Жойбардың әҳмийетли тәрепи сонда, кәрханада жабық сыйымлылықта интенсив усылда балық жетистириледи. Яғный, суўдан тәкирар түрде пайдаланыў арқалы көп муғдардағы суў үнемленеди. Бул Қарақалпақстан ушын оғада әҳмийетли.




Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети мәлимлеме хызмети.