Комитет ветеринарии и развития животноводства Республики Каракалпакстан.

  • #
    Электронная почта

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Телефон:

    61 224-16-23

26
December

qrvetgov.uz| 474

Қарақалпақстанда шарўашылық ҳәм ветеринария тараўын раўажландырыў бойынша семинар болып ѳтти.

Усы жылдың  24-декабрь күни Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинаси, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нѳкис филиалында  «Қарақалпақстанда шарўашылық ҳәм ветеринария» тараўын раўажландырыў бойынша семинар болып ѳтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы орынбасары Р.Сапарбаев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Д.Утамбетов, Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария хәм шарўашылықты раўажландырыў комитети баслығы М.Кайпанов, Қарақалпақстан Республикасы шарўанәсил орайы баслығы К.Пирназаров, сөзге шығып, Президентимиз тәрепинен Ветеринария ҳәм Шарўашылық тараўын раўажландырыў, тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли жумысларға итибар қаратып, бул бағдарда бир қатар Пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгениң атап өтти.

Семинар қатнасыўшыларының пикир ҳәм усыныслары тыңланды ҳәм тараўлардағы жетискенликлер ҳәм кемшиликлер додаланып алдағы ўазыйпалар белгиленди.

Болып ѳткең семинарға районлардағы ветеринария ҳәм шарўанәсил бѳлим баслықлары, шарўашылық пенен шуғылланып атырған исбилерменлер, Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинаси, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нѳкис филиалы директори ҳәм студент жаслар қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария хәм шарўашылықты раўажландырыў комитети мәлимлеме хызмети.

Search

Официальный сайт Президента Республики Узбекистан

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Перейти к содержимому