Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

14
June

qrvetgov.uz| 482

2022-2023-жыллары  жәмийетте ҳуқықый мәдениятты раўажландырыў бойынша ис-илажлар бағдарламасы

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-январдағы «Жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты раўажландырыў системасын түптен жетилистириў ҳаққында»ғы ПФ-5618-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ жәмийетте ҳуқықый мәдениятты раўажландырыў бойынша илажлар белгилеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «2022-2023-жыллары жәмийетте ҳуқықый мәденияты раўажландырыў бойынша ис-илажлар бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында» 2022-жыл 16-майда 259-санлы қарары кабыл етилди.

 

Пәрман менен тастыйықланған жәмийетте ҳуқықый мәдениятты раўажландырыў концепсиясында оның тийкарғы мақсети халықтың барлық қатламларының ҳуқықый саўатлылығын асырыўға ерисиў, өз ҳуқықларын жақсы билетуғын ҳәм нызамларды ҳүрмет ететуғын, ҳуқықый билимлерин күнделикли турмыс тәризинде қоллана алатуғын, белсенди пуқаралық позицияға ийе болған ҳәм ҳуқықбузыўшылыққа қарсы гүресиўде келисимли мүнәсибетте болатуғын пуқараларды тарбиялаўда кең қамтылған узликсиз системасын жаратыў белгиленген.

Усы Концепцияда белгилеп берилген мақсет ҳәм ўазыйпаларға нәтийжели ерисиў ушын, ҳәр еки жылда жәмийетте ҳуқықый мәдениятты раўажландырыў бойынша ис-илажлар бағдарламасын қабыл етиў әмелияты жолға қойылғанлығы бойынша 2022-2023-жыллар ушын Бағдарлама тастыйықланды.

Бағдарлама бойынша мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлерде ислеўшилердиң ҳуқықый мәдениятын раўажландырыў бойынша әмелге асыралатуғын ис-илажлар белгиленген.

 

Усы ис-илажлардың бири жумысшылардың мийнет ҳуқықы болып Өзбекстан Республикасы Мийнет кодксиниң 16-статьясында белгиленген. Ислеўшилердиң тийкарғы мийнет ҳуқықлары Конституцияға муўапық ҳәр бир адам мийнет етиў, еркин жумыс таңлаў, нызамлы мийнет шәртлери тийкарында ислеў ҳәм нызамда белгиленген тәртипте жумыссызлықтан қорғаныў ҳуқықына ийе.

Ҳәр бир жумысшы, өз мийнети ушын нызамшылықта Мийнетке ҳақы төлеўдиң жеке тариф сеткасының биринши разряды бойынша белгиленгеннен аз болмаған муғдарда ҳақы алыў;

  • мүддетлери, шегарасы белгиленген жумыс ўақтын орынатыў, бир неше кәсиплер ҳәм жумыслар ушын жумыс күнин қысқартыў, ҳәр ҳәптелик дем алыс күнлери, байрам күнлери, сондай-ақ ҳақы төленетуғын жыллық мийнет дем алыс бериў арқалы тәмийинленетуғын дем алыслар;
  • қәўипсизлик ҳәм гигиена талапларына жуўап беретуғын шәриятларда мийнет етиў;
  • кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин жетилистириў;
  • жумыс пенен байланыслы жағдайда денсаўлығына ямаса мал-мүлкине келтирилген зыянның орнын қаплаў;
  • кәсиплик аўқамларына, жумысшылар ҳәм мийнет жәмийетлериниң мәплерин аңлатып бериўши басқа шөлкемлерге бирлесиў;
  • қартайғанда, мийнет етиў уқыбын жойытқанда, бағыўшысынан айырылғанда ҳәм нызамда нәзерде тутылған басқа да жағдайларда социаллық жәрдем алыў;
  • өзиниң мийнет ҳуқықларын қорғаў, сондай-ақ суд арқалы қорғаў ҳәм юридик жәрдам алыў;
  • жәмийеттеги мийнет тартысларында өз мәплерин қорғаў ҳуқықына ийе.

Сондай-ақ, Бағдарламада ҳуқуқбузыўшылықтың алдын алыў, мурәжәәтлер менен ислесиў бойынша билимлерин асырыўға қаратылған «Ҳуқықый саўатлылық айлығы», «Коррупцияға қарсы гүресиў айлығы» ҳәм «Конституциялық ҳуқық айлығын» өткериў белгиленген.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария

ҳәм шарўашылықты раўажландырыў

комитетиниң бас юрисконсультты                                               Е.Атажанов

 

 

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content