Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

4
June

qrvetgov.uz| 559

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ САЛЫҚ КОДЕКСИНИҢ 227-1-СТАТЬЯСЫНА ӨЗГЕРИС КИРГИЗИЎ ҲАҚҚЫНДА

Нызамшылық палатасы тәрепинен 2024-жыл 2-апрелде қабыл етилген, Сенат тәрепинен 2024-жыл 18-майда мақулланған. 

Кейинги жылларда мәмлекетимизде исбилерменлик хызметинде еркинликти тәмийинлеў ҳәм де исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын қорғаў мақсетинде салық туўрысындағы нызамшылықты жетилистириўге қаратылған әдеўир жумыслар әмелге асырылып атыр. Усының менен бирге жаңа мазмундағы Өзбекстан Республикасы Конституциясында жазалардың пропорционаллығы принципи сәўлелендирилгенлиги менен салық туўрысындағы нызамшылықты бузыў менен байланыслы жуўапкерликти және де либералластырыў зәрүрияты жүзеге келип атыр.
Усы Нызам менен Өзбекстан Республикасының Салық кодексине фискал ҳуқықбузарлықларды ислегени ушын қолланылатуғын финанслық санкциялар муғдарлары кемейтирилиўин нәзерде тутатуғын өзгертиўлер киритилип атыр. Атап айтқанда, усы ҳуқықбузарлықлар биринши рет әмелге асырылғанде жәрийма муғдары ақырғы есабат шерегинде алынған сап тусимниң еки процентин, ҳуқықбузарлық тәкираран әмелге асырылғанде болса оның жигирма процентин қурайды.
Бул Нызам салық туўрысындағы нызамшылықты бузғанлық ушын жуўапкерликти және де ең ыңғайлы түрде ҳәм исбилерменлик искерлигин әмелге асырыў ушын қолай шәрт-шәраятлар жаратылыўына хызмет етеди.
227 прим1-статясының тексти төмендеги мазмунда баян етилди:
«Фискал белгилерди сәулелендириў ямаса автоматластырылган есапқа алыў өлшеў қураллары менен үскенелеў ямаса салық шөлкемлериниң информация системалары менен интеграция етилиўин тәмийинлеў бойынша нызамшылықта белгиленген талапларды ямаса тәртипти бузыў, соның менен бирге товарларды (өнимлерди) өндириўшилер, импорт етиўшилер ҳәм сатыўшылар тәрепинен идентификация қураллары арқалы мәжбурий цифрлы маркировкалаў қағыйдаларын бузыў –
реализация әмелге асырылған ақырғы есабат шерегинде алынған сап түсимниң еки проценти муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.
Тап сондай ҳуқықбузарлық жәрийма қолланылғанынан кейин бир жыл даўамында тәкираран әмелге асырылған болса, –
реализация әмелге асырылған ақырғы есабат шерегинде алынған сап түсимниң жигирма проценти муғдарында жәрийма салыўға себеп болады».
2024-жыл 29-май. Ө.Р.Н-927-сан

Қарақалпақстан Республикасы

Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў

комитети юридик хызмет бойынша бас қәнийге                                   

Е.Атажанов

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content