Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

31
May

qrvetgov.uz| 515

«Нәсилшиликти раўажландырыў» атамасында ашық сәўбет болып ѳтти.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты  раўажландырыў комитети баслығының биринши орынбасары К.Пирназаров, Қарақалпақстан Республикасы ҳайўанлар кеселликлери диагностикасы ҳәм азық-аўқат ѳнимлери қәўипсизлиги мәмлекетлик орайы директоры И.Оразбаев ҳәм тараў қәнигелери қатнасыўында «Нәсилшиликти раўажландырыў» атамасында ашық сәўбет болып ѳтти.

Ѳткерилген ашық сәўбетте бас басқарма қурамындағы мәкемелер тәрепинен аймақларда алып барылып атырған эпизотик ис-иләжлар, жасалма урықландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў жумыслары талқыланып, тараўда жүргизилип атырған мәҳәллебай системасы бойынша кең түрде мағлыўмат берилди.

Әлбетте, ѳткерилген сәўбет Республикамызда нәсилли малларды кѳбейтиў,  эпизотик турақлылықты ҳәм азық-аўқат қаўипсизлигин жоқары дәрежеде сақлаўға қаратылғанлығы менен әҳмийетли.

Сәўбет даўамында қатнасыўшылар тәрепинен берилген сораўларға тараў қәнигелери тәрепинен жуўаплар берилип, ветеринария ҳәм шарўашылық тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша кеңнен түсиник берилди.

Ѳткерилген илаж жуўмағында усындай ашық сәўбетлер буннан былайда даўам еттирилиўи атап ѳтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети  Мәлимлеме хызмети.

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content