Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

23
April

qrvetgov.uz| 467

Усы жылдың 22-Апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Саўда санаат палатасында халық аралық тиклениў ҳәм раўажланыў банки қатнасыўында шарўашылықты раўажландырыў жойбары бойынша ашық сәўбет өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети баслығының биринши орынбасары К.Пирназаров, жойбар басшысы Н.Нозимов, кредит бөлими баслығы У. Абдуллаев ҳәм жойбар экологлари, шарўашылық фермер хожалық басшылары қатнасты.

 Халық аралық тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң кредит қаржыларынан пайдаланған ҳалда фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығын раўажландырыў перспективалары талқылаўдың тийкарғы темасы болды. Қатнасыўшылар шарўашылық саласындағы жойбарларды финанслық тәмийнлеў мүмкиншиликлери соның менен бирге, экономикалық жағдайды жақсылаў ушын кредит ресурсларынан пайдаланыўдың нәтийжели усылларынан хабардар болды.

 Жойбар басшысы Н.Нозимов шарўашылықты раўажландырыў жойбарларын табыслы әмелге асырыў ушын халық аралық тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен шериклик зәрүрлигин айтып өтди.

Буннан соң,  қатнасыўшылар тәрепинен сораўлар берилип, тараўда жүзеге келип атырған машқалалар сын кѳз қараста талқыланды.

Сондай-ақ, Кредит бөлими баслығы кредит ажыратыў шәртлери ҳәм фермерлер, аўыл хожалығы кәрханалары ушын финанслық ресурсларын ажыратыў мүмкиншиликлери ҳәм ажыратылған кредит қаржыларын мақсетли пайдаланыў зәрүрлигин атап ѳтти.

 Қатнасыўшылар шарўашылықты раўажландырыўда финанслық тәмийнлеў мүмкиншиликлери туўрысында қымбатлы билим ҳәм мағлыўматларға ийе болды.

Биргеликтеги сай-ҳәрекетлер себепли тараўдағы жойбарлар экономикалық ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаўға  үлес қосыўы сѳзсиз.

 

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content