Бүгинги күнниң ең әҳмийетли мәселелери ҳаққында мағлыўмат бериўши «Сиясий-ағартыўшылық сааты» болып өтти
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети хызметкерлери ушын нәўбеттеги «Сиясий-ағартыўшылық сааты» шөлкемлестирилди. Бунда тийкарынан оқыў сааты даўамында Мийнет нызамшылығында жумыс ўақтына байланыслы тийкарғы мәселелер, “Конституциялық саўатханлық” рубрикасы – Өзбекстан Республикасы Конституциясының мазмун-мәниси ҳәм «Мутолаа вақти» рубрикасы Эшли Вэнс, Илон Маск, Tesla, SpaseX ҳәм келешекке қарай жол сыяқлы мәселелерге тоқтап өтилди. Соның менен бир қатарда, ҳәпте даўамындағы елимизде ҳәм сырт еллерде жүз берип атырған әҳмийетли ўақыялар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети мәлимлеме хызмети.