Интенсив усылда балық жетистириўге арналған әмелий семинар болып өтеди
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 13-январьдағы ПҚ-83-санлы қарарында (https://lex.uz/docs/5821946) белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен «Интенсив усылда балық жетистириўди шөлкемлестириў бойынша» әмелий семинар шөлкемлестирилмекте.
Өткерилиўи режелестирилген семинарға жуўапкер тараў ўәкиллери, қала ҳәм районлардағы балықшылық пенен шуғылланыўшы фермер хожалықлары, кәрханалар ҳәм балық жетистириўге қызығыўшылығы бар пуқаралар қатнасыўы мүмкин.
Ўақты: 2023-жыл 17-май күни саат 10-00 де;
Мәнзил: Төрткүл районы «SUPER BALIQLAR» фермер хожалығы.
Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети.