Поэзия жулдызы 94_жаста
БҮГИН, 5-май сәнеси Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсуповтың туўылғанына 94 жыл толды
Ана тилим, сен – басқадан айырмам,
Сен турғанда мен де әдеўир шайырман,
Сонша қатал сүргинлерде жоғалмай,
Бул күнлерге жеткениңе қайылман.
Ҳәммемизге яд болып кеткен бул қосық қатарлары авторы Ибрайым Юсупов. Танықлы сөз зергери Ибрайым Юсупов 1929-жыл 5-май күни дүньяға келген.