Қарақалпақстанда эпизоотик турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде ҳайўанларды «қутырыў» ҳәм «Қырым-Конго геморрагик ысытпа» кеселликлерине қарсы профилактик жумыслар жедел алып барылмақта
Атап айтқанда, Мойнақ, Шымбай,Тахтакөпир, Төрткүл районларында ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими қәнигелери тәрепинен аймақларда бағылып атырған шарўа маллары “Қырым-Конго геморрагик ысытпа” кеселлигиниң алдын алыў мақсетинде дезинсекция жумыслары шөлкемлестирилип, үй ҳайўанларын “қутырыў” кеселлигине қарсы шаншыў жумыслары жедел алып барылмақта.
Сондай-ақ, қәнигелер тәрепинен пуқараларға жуқпалы кеселликлер ҳаққында мағлыўматлар берилип, түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумыслары да алып барылмақта.




Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети Мәлимлеме хызмети.