Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

11
April

qrvetgov.uz| 652

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети баслығы М.Кайпанов нәсилшиликти раўажландырыўда әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты

Соңғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен шарўашылықты раўажландырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети баслығы М.Кайпанов 6-апрель күни Хожели районындағы   «Ӯз наслчилик» мәмлекетлик кәрханасының Қарақалпақстан Республикасы филиалы  искерлиги менен танысты.

Бүгинги күнде филиалда 9 бас нәсилли бўғалар бағылып атырған болып, елимизде нәсилли маллардың көбейиўине өз үлесин қосып келмекте.

Өзиниң өнимдарлығы ҳәм ҳәр қыйлы климат шәраятына көнигиўши симменталь нәсилли маллары халқымызға арзан баҳадағы гөш ҳәм сүт өнимлерин жеткерип бериўге хызмет етеди.  

Нәсилшиликти раўажландырыўда әмелге асырылып атырған жумысларды көзден өткериў шеңберинде Комитет баслығы «Гафур Гулом» нәсилшилик хожалығында болып қәнигелердиң тараўда әмелге асырып атырған жумыслары менен жақыннан танысты.

Бүгинги күнде хожалықта  250 бас нәсилли сыйырлар ҳәм бузаўлар бағылып нәсилли маллардың көбейиўине үлкен үлес коспақта.

Соңдай-ақ, нәсилли малларды азықлық өнимлер менен тәмийинлеў мақсетинде егислик жерлерге егилген жоңышқалардың өсиў жағдайы көзден өткерилди.

 

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети  мәлимлеме хызмети.

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content