Qaraqalpaqstan Respublikası Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw komiteti

  • #
    Elektron pochta

    kkr@vetgov.uz

  • #
    Telefon nomer:

    61 224-16-23

11
March

qrvetgov.uz| 633

Ветеринария қәнигелерине Аса қəўипли зооантропоноз жуқпалы кеселликлер этиологиясы, эпизоотологиясы, эпидемиологиясы, диагностикасы ҳәм профилактикасы бойынша семинар (zoom) болып өтти.

Күн тәртибиндеги мəселелер бойынша ҚР СЭТхЖСБ аса қәўипли жуқпалы кеселликлер бөлими меңгериўшиси И.Байназаров, врачлары Н.Низаматдинова ҳәм А.Турениязов лекция оқыды.

Шығып сөйлеўшилер Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматына тийкарланып аса қəўипли ҳәм басқа жуқпалы кеселликлер бойынша қурамалы эпидемиялық жағдай сақланып турғанлығын, бул кеселликлердиң республикамызға сырттан кирип келиў ҳәм тарқалыў, оба, Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа, қутырыў, от жара сыяқлы аса қəўипли ҳәм басқа жуқпалы кеселликлердиң тәбийий ошақларының активлесиў қәўпи барлығын атап өтти.

Қарақалпакстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2019-жыл 27-ноябрьдеги  07-09/10-11/1193-санлы Зоантропоноз аса қәўипли ҳәм паразитар кеселликлерди Қарақалпақстан Республикасы аймағына шеттен кирип келиўи ҳәм тәбиий ошақлардан келип шығыўының алдын алыў бойынша 2020-2025-жыллар даўамында шерикликте алып барылатуғын ис-илажлар режесиниң 1.3-бәнтинде Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети қәнигелери қатнасыўында зоантропоноз аса қәўипли ҳәм паразитар кеселликлери эпидемиологиясы, эпизотологиясы, клиникасы, емлеў усыллары ҳәм профилактикасы мазмунында аймақлық семинарлар өткериў белгиленгенлиги бойынша айтып өтилди.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы радиацион химиялық  қорғаў бөлими баслығы, район (қала) ветеринария ҳәм

шарўашылықты раўажландырыў бөлим баслықлары ҳәм қәнигелери,диагностика орайы хызметкерлери қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети мәлимлеме хызмети.

 

Search

O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti rasmiy veb-sayti

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Tags

Skip to content